Нөкис районында шетки аймақ турғынлары менен көшпели қабыллаў өткерилди
Нөкис районының ең шетки аймақларынан бири есапланған "Кердер" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қызыл үй аўылында пуқаралардың мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Қабыллаўға Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм тийисли мәкеме ҳәм кәрхана басшылары қатнасты.
Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен ишимлик суўы тәмийнаты, материаллық жәрдем, ишки жолларды оңлаў, турмыслық ҳәм социаллық мәселелер бойынша бир қатар мүрәжатлар билдирилди.
Мүрәжатлар бойынша айырым мәселелер орнында шешилген болса ҳәм қосымша үйрениўди талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнигелерине анық ўазыйпалар тапсырылды.