Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан салынып атырған Шаңарақлық поликлиникасы имаратының қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.
Бул имаратты «SHÓRAXONQURILISHMONTAJ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылып атыр.
Объекттиӊ жойбар сметасы ушын 3млрд.40 млн сўмлық қаржы ажыратылып, қурылыс жумысларын 2025-жылдыӊ июль айына жуўмақлаў режелестирилган.
Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов жуўапкерлерге қурылыс жумысларын жеделлестириў ҳәм өз ўақытында жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берди.