Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов тәрепинен "Кердер" аўыл пуқаралар жыйынына аймағындағы Қызыл үй аўылында өткерилген көшпели қабыллаўда пуқаралардың мүрәжатларын орнына шыққан ҳалда үйрениў ҳәм шешим табыў мақсетинде бир қатар мәселелер тиккелей мәҳәллелерде көрип шығылды.
Илаж шеңберинде ишимлик суў, ишки жолларды оңлаў, коммуналлық ҳәм социаллық тараўлардағы машқалалар үйренилип шығылды.
Сондай-ақ, район ҳәкими қуяш панелинен пайдаланып суў шығарыўшы насослардан пайдаланыўды көбейтиў ҳәм ҳәр бир мүрәжаттағы кемшиликлерди сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.