Бүгин, Нөкис районы орайынан 50км узақлықта жайласқан «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны «Қаллижағыс» аўылы турғынларыныӊ мүрәжатларын тыӊлаў ушын көшпели қабыллаў өткерилди.
Қабыллаўға район ҳәкими З.Зайтов ҳәм мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.
Көшпели қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен ишимлик суў, электр энергия мәселелери ҳәм басқада турмыслық машқалалары тыңланды.
Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнигелерине анық тапсырмалар берилди.