Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрь күнги 892-санлы қарары тийкарында кәмбағал шаңарақ ағзаларының саламат турмыс тәризин және социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириў тәртибин орынлаў мақсетинде Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 13-Қара ағаш сайлаў округи депутаты, «Нураныйлар» қоры районлық бөлими баслығы М.Гулимбетов ҳәм 2-Гүлистан сайлаў округи депутаты Н.Тлеўмуратовлар район аймағындағы белсенди нураныйлар менен биргеликте кем тәмийнленген хожалықлардыӊ жағдайларынан хабар алды ҳәмде Нураный қоры тәрепинен шөлкемлестирилип таярланған оқыў үскенелери тапсырылды.