Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги "2025 - 2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-454-санлы қарары тийкарында Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имәратын жаӊадан қурыў белгиленген.
Халық депутатлары районлық Кеӊесине 15-Фазылов сайлаў округинен депутат Г.Юсупова ҳәм Мәденият АПЖ ўәкиллери менен биргеликте бүгинги күнде әмелге асырылып атырылған қурылыс жумыслары барысы ҳәм қурылысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.