Мәденият аўыл пуқаралар жыйынындағы 8-санлы улыўма орта билим бериу мектеби мәжилислер залында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 15-Фазылов сайлаў округи депутаты Г.Юсупованыӊ сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўға тийисли мәкеме, шөлкем ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Онда депутат Г.Юсупова жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ мәнис-мазмуны, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырылған жумыслар ҳаққында тоқталып өтти. Буннан соӊ аймақ турғынларыныӊ мүрәжат ҳәм пикир-усыныслары тыӊланылып, орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў белгиленип алынды.