Yangiliklar

сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 7-"Шайханакөпир" сайлаў округинен сайланған депутат Р.Қармысованыӊ Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.      

  Ушырасыўда дәслеп депутат тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Буннан соӊ ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы иләжлар бойынша аймақ белсендилери менен пикир алысылды. Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар тийисли тараў ўәкиллери менен депутатлық қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 1