Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариат баслығы Б.Искендеров ҳамде Өзбекстан “Адолат” СДП районлық Кеңеси А.Қайповлар Кегейли районы “Жүзим бағ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып пуқаралар жыйынындағы “Мәҳәлле жетилиги” менен ушырасты.
Ушырасыўда Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳəм пəрманлары, əҳмийетли ҳүжжетлер тийкарында халықтың абадан турмысын тəмийинлеў бойынша əмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, бүгинги күнде аймақта ушырасып атырған бир қатар мүражатлар бойынша үйрениў жумысларын алып барды.