Қарақалпақстан Республикасына соның ишинде Бозатаў районына сырт ел инвестицияларын тартыў, экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде Қытай халық Республикасы ҳәм Тайван мәмлекети инвесторлары Бозатаў районына келип, район ҳәкими менен ушырасып инвесторларға инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда район көлеминде имканиятлар менен жақыннан танысып әмелге асырылатуғын жумыслар инвесторлар менен биргеликте көзден откерилди. Районымызда ҳақыйқатында жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда улкен имканиятлар бар. Районымызда изертлениўи тийис болған тәбийий байлықларға ийе болып, оны қайта ислеў бойынша инвестициялық жойбарлар исленсе жәмийетимиз ушын керекли болған шийки зат өнимлери ислеп шығарылған болар еди. Булар районымыздың социаллық турмыс жағдайларын жақсылаўға өзиниң үлкен тәсирин тийгизген болар еди.
6-«Андижан» сайлаў округинен депутат
Ш.Бердахов