Yangiliklar

Taxtakópirde Jaslar parlamenti wákiller mektebi óz jumısın basladı.

Тахтакөпирде Жаслар парламенти ўәкиллер мектеби өз жумысын баслады.

2025-жыл 7-февраль күни Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси жанындағы «Социаллық тараў, Жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша» турақлы комиссияның гезектеги жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста Ўәкиллер мектебиниң мақсети, ўазыйпасы ҳәм жумыс алып барыў тәртиби, Ўәкиллер мектеби ағзалары ҳәм оларға бириктирилген депутатлар тәрепинен 2025-жыл даўамында биргеликте алып барылатуғын жумыслар ис-режеси бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Күн даўамында Ўәкиллер мектебиниң биринши жыйналысында жасырын даўыс бериў жолы менен Ўәкиллер мектебиниң баслығы етип Аяпбергенов Азимжан Таңирбергенович сайланды.

Slide 1 of 1