2024-жыл 14-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты Б.Айтеков, районлық Кеңес депутатлары Ж.Аманшаев, Е.Бегманов, А.Балтамуратова, Қ.Жалиев, Ш.Акаев, У.Измурзаева, З.Алланиязова, М.Асқаровлар ҳәмде райондағы сиясий партия басшылары менен биргеликте, «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы пуқара Б.Усаковтың шаңарағында болып, үй алды тамарқа жерлери ҳәм Президентимиздиң 2017-жыл 16-февраль күнги ПҚ-2784-санлы қарары тийкарында «Өзбекстан» МПЖ ҳәким жәрдемшиси Ж.Исмамутовтың усынысы менен грант тийкарында қурып берилген 1,5 сотихқа тең болған ыссыхана менен жақыннан танысып шықты. Бүгинги күндеги суўдың там-тарыслығына байланыслы оннан үнемли пайдаланыў ҳәмде жердиң өнимдарлығын еледе арттырыў бойынша депутатлар тәрепинен мәсләҳәтлер берилди.