Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Tuman Kengashining doimiy komissiyalari qo‘shma yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Aholini ro‘yxatga olish — kelajak taraqqiyoti uchun muhim qadam!
янв.21
Xalq deputatlari Sharof Rashidov tuman Kengashining o‘n yettinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Xаlq deputаtlаri Shаrof Rаshidov tumаn Kengаshining navbatdagi sessiyasi o‘tkazildi.
янв.21
Tumаn Kengаshi doimiy komissiyalari qo'shma yig'ilishi o‘tkazildi.
янв.21
Xаlq deputаtlаri Shаrof Rаshidov tumаn Kengаshining navbatdagi sessiyasi o‘tkazildi.
янв.21
Korrupsiya salbiy illat
янв.21
Navbatdagi doimiy komissiya yig'ilishlari bo'lib o'tdi.
янв.21
Korrupsiyaga qarshi birga kurashamiz!
янв.21
О‘qituvchi deputatlar muborakbod etildi.
#депутат_ҳәм_жаслар_ушырасыўы

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында жайласқан «Экономика КӨК» басланғыш партия шөлкеминде «Катарымыздағы жаслар» жойбары шеңберинде «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары О.Толыбеков ҳәм Х.Абдижалиев, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты баслығы М.Зарикеев, басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм белсене жаслар қатнасты. 

Илажды партия топары басшысы О.Толыбеков кирис сөзи менен ашып берди ҳәм бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, соның менен бирге партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсият етиўде партия шөлкемлери ҳәм депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар және партияның жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Илажда бир қатар жаслар сөзге шығып жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти ҳәм өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Slide 1 of 5