“Нураный” қоры Қараөзек районы бөлими басламасы менен нураныйлар район аймағында әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлар, қурылыс жумыслары ҳәм жаӊадан қурып берилген социаллық объектлер менен танысты. Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 2-Гүлистан сайлаў округи депутаты Н.Тлеўмуратов нураныйларға «Қараөзек текстил» ЖШЖда жаратылған шараят ҳәм имканиятлар “Қарақалпақ суў тəмийнаты” ЖШЖ районлық филиалы имаратының қурылысы ҳәм Жаӊа Өзбекстан массивинде ҳәм район аймағындағы басқада жаӊа объектлердиӊ имканиятлары менен таныстырып, әмелге асырылып атырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.