Қараөзек районы аймағында «Тебинбулақ» инвестиция жойбары ушын 218 гектар жер орын ажыратылған болып, жойбарды әмелге асырыў ушын шет ел инвестициясы 1250млн долларды қурайды. Бүгинги күнде “Triangul Metals Tebinbulak” ЖШЖ тәрепинен ири қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта. Бул жойбар иске түсирилсе басқышпа-басқыш жылына 3,6млн тонна туўрыдан туўры тикленген темир ислеп шығарыў жолға қойылып, бес мыӊнан зыят жаӊа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген. Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 2-Гүлистан сайлаў округи депутаты Н.Тлеўмуратов, район ҳәкими орынбасары Г.Аметов ҳәм нураныйлар менен биргеликте жойбарды иске түсириўде ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырылған жумыслар менен танысты.