Новости

Последние новости

янв.21
Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 4-8-may kunlari hududlarda quyidagi tadbirlar rejalashtirilgan:
янв.21
📌 Haftalik dayjest Xalq deputatlari Shovot tumani Kengashi tomonidan 27-aprel – 1-may kunlari hududlarda amalga oshirilgan tadbirlar
янв.21
📍 Shovot tumanida ekologik nazorat kuchaymoqda!
янв.21
🏛 DEPUTAT SO‘ROVI NAZORATDA: ICHIMLIK SUVI ISROFIGA YO‘L QO‘YILMAYDI!
янв.21
📢 Maktablarda sog‘lom ovqatlantirish tizimi o‘rganildi
янв.21
🏫 Ta’lim sifati va intizom – deputatlar qat’iy nazoratida
янв.21
🚀 SHOVOTDA YANGI ISH O‘RINLARI YARATILMOQDA!
янв.21
TA’LIM VA VATANPARVARLIK TARBIYASI O‘RGANILDI
янв.21
♻️ TOZALIK — MUHIM MASALA!
янв.21
👩‍💼 Deputat tashabbusi
Мүнәсибет

Усы жылдың 19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Латвия арасындағы бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлардың биринши мәжилиси онлайн форматта өткерилип, Өзбекстан ҳәм Латвия арасындағы дослық қатнасықлары беккемленип атырғаны атап өтилип, олар беккем тарийхый тийкарларға ийе екени және өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним принциплери тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди.

Илажда еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў, инвестиция, экспорт, туризм, мәденият, билимлендириў, аўыл хожалығы, миграция, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларындағы қатнасықларды кеңейтиў додаланды. Парламент ағзалары Өзбекстан менен Латвия арасындағы қатнасықларды, соның ишинде, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында буннан былай да раўажландырыўға итибар қаратылды. Көп қырлы бирге ислесиўди, атап айтқанда, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларындағы байланыслар, экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды кеңейтиў және аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, дослық байланысларын орнатыўда парламентлердиң қатнасыўын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилген еди.

Мәжилис жуўмағында биргеликтеги басламалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде парламентлераралық сөйлесиўди жеделлестириўге келисип алынғанлығы әлбетте бул еки мәмлекет ортасындағы қарым-қатнасықты беккемлеўге хызмет етеди.

6-«Андижан» сайлаў округи депутаты Ш.Бердахов