35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Новости

ДЕПУТАТ САЙЛАӮ ОКРУГИНДАҒЫ СОЦИАЛЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРДИ ҮЙРЕНДИ

ДЕПУТАТ САЙЛАӮ ОКРУГИНДАҒЫ СОЦИАЛЛЫҚ ОБЪЕКТЛЕРДИ ҮЙРЕНДИ

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова «Кеңес» АПЖ аймағында болып, социаллық объектлердың жумысларын үйренди.

✅ Үйрениўлер даўамында депутат аймақтағы билимлендириў мәкемелериниң жумысы, оларда пуқаралар, соның ишинде жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты. Соны менен бирге, мәкемелердиң гүз-қыс мәўсимине таярлығы, материаллық-техникалық базасының жағдайына айрықша итибар қаратылды.

✍️ Үйрениў жуўмақлары бойынша анықланған кемшиликлерди сапластырыў, социаллық объектлердиң искерлигин еле де раўажландырыў бойынша тийишли тараў қәнигелерине ўазыйпалар белгилеп берилип, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 3