Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы депутаты Гулжан Халмуратова Хожели районы “Жайхун” пасёлка пуқаралар жыйынында болып, посёлка жетилиги менен ушрасты. Посёлка пуқаралар жыйынындағы шаңарақларда болып аймақ турғынлары менен сәўбетлести. Пуқаралар менен сәўбетте олардың жетискенликлери, тәжрийбеси, жерлерин суўғаыў мүмкиншиликлери ҳәм аймақтағы абаданластырыў жумыслары, ишки жоллар жағдайы үйренилди.
Оннан соң аймақтағы 48-санлы шаңарақ поликлиникасында болып, бул жердеги медицина хызметин көрсетиў сапасын асырыў, наўқаслар ушын жаратылған шарайытлар ҳәм машқалаларын үйренди. Кейинги мәнзил Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы социяллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы 17-санлы көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине барып, бул жердеги тәрбияланып атырған балалар ушын жаратылған мүмкиншиликлер менен танысты.