Кеңес баслығының мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар менен ушырасыўы болып өтти
♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы О.Толыбеков мәҳәллелердеги белсенди нураныйлар ҳәм кексе әўлад ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
✅ Қызғын ҳәм ашық сәўбетлесиў руўхында болып өткен ушырасыўда мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў және жаслар тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң тәжирийбесинен кеңнен пайдаланыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, илажда нураныйлардың социаллық белсендилигин арттырыў, олардың мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша усынысларын тыңлаў ҳәм машқалаларын орнында үйрениўге итибар қаратылды.
✍️ Ушырасыў соңында билдирилген усыныслар тийкарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм мәҳәлле белсендилерине тийисли көрсетпелер берилди.