Новости

Депутат мәҳәлледе жойбары

 Бүгин Шымбай районы «Шахтемир» МПЖ аймағында Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен белсене нураныйлер арасында ушырасыў шөлкемлестирилди. 

✅ Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиндеги партия топары басшысы О.Толыбеков ҳәм де белсене нураныйлер қатнасты.

  Ушырасыў даўамында жыйналғанларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды жəне де жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарарының мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.

➡️ Сондай-ақ, ушырасыў даўамында белсене ныраныйлердиң мүрәжатлери тыңланып, депутат О.Толыбеков тәрепинен шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 7