Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputatlar arxeologlar faoliyati bilan tanishdilar
янв.21
Deputatlar tomonidan Quva tumanidagi Bo‘ston ko‘chasida amalga oshirilayotgan bunyodkorlik ishlari o‘rganildi
янв.21
Deputatlar dehqon bozoridagi narx-navolar holatini o‘rgandilar
янв.21
Deputatlar g‘alla yetishtirish holati bilan yaqindan tanishdilar
янв.21
Deputatlari saylovchilar bilan navbatdagi qabullarini o‘tkazdilar
янв.21
Deputatlar tuman tibbiyot muassasalarida olib borilayotgan ishlarni o‘rgandilar
янв.21
Deputatlar tomonidan gulchilikni rivojlantirish bo‘yicha joylarda o‘rganish ishlari olib borildi.
янв.21
Deputatlar so‘nggi qo‘ng‘iroq tadbirlarida ishtirok etdilar
янв.21
Tuman Kengashi deputatlari xususiy korxonada bo‘ldilar
янв.21
Tuman Kengashi deputatlari Yuqori Qo‘rg‘oncha mahallasida aholi bilan uchrashuv o‘tkazdi
«ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ»

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен «Экономика колледж» басланғыш партия шөлкеминде «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң «Экономика колледж» басланғыш партия шөлкеми  ағзалары ҳәм жаслар қатнасты.

Илаж даўамында жыйналғанларға мәмлекетимизде жүз берип атырған өзгерислер, жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар, сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлар,  быйылғы "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында айтып өтилди.

Ушырасыў даўамында жыйналған жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.

Slide 1 of 5