Тахтакөпир районындағы билим бериў мәкемелериниң гүз-қыс мәўсимине таярлық жағдайын
үйрениў жумыслары районлық Кеңес депутатлары тәрепинен алып барылмақта.
Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты В.Даўлетиярова райондағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Үйрениў даўамында ысытыў системасы, тазалық, абаданластырыў жағдайын көзден өткерип, бар кемшиликлерди жеделлик пенен сапластырыў бойынша жуўапкерлерге усыныслар берди.