Тахтакөпир районындағы билим бериў мәкемелериниң гүз-қыс мәўсимине таярлық жағдайын
үйрениў жумыслары районлық Кеңес депутатлары тәрепинен алып барылмақта.
Халық депутатлары Тахтакөпир
районлық Кеңеси депутаты А.Пиржанова райондағы 9-санлы улыўма билим бериў
мектебинде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Үйрениў даўамында ысытыў
системасы, тазалық, абаданластырыў жағдайын көзден өткерип, бар кемшиликлерди
жеделлик пенен сапластырыў бойынша жуўапкерлерге усыныслар берди.