Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 14-"Бердах" сайлаў округинен сайланған депутат С.Сайымова ҳәм мәҳәлле ўәкиллери менен Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда дәслеп депутат тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында таныстырды. Буннан соӊ пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар, пикир ҳәм усыныслары тыӊланылып орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўға алынды.