Өзбекстан "Адолат" СДП Қараөзек районы Кеӊесиниң гезектеги Пленумы болып өтти.
Пленумда партияның Қараөзек районлық Кеӊеси тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жылда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар, партия Кеңеси ис-режеси көрип шығылды.
Пленумда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Н.Рашидова, Өзбекстан "Адолат" СДП Сиясий Кеӊеси орайлық аппараты хаткери Д.Далмурадова, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы Н.Қайыпбергенов районлық Кеӊес депутатлары ҳәм партия белсендилери қатнасты. Пленум даўамында Халық депутатлары Қараөзек районы Кеӊесиндеги партия депутатлық топары ағзасы, 13-"Қара ағаш" сайлаў округинен депутат М.Гулимбетов партияныӊ шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен депутатлық ҳәм партия искерлигиндеги белсендилиги ҳәм айрықша мийнетлери ушын "Адолат" көкирек нышаны менен сыйлықланды.