Өзбекстан Республикасы «Пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамының 11-статьясына муўапық пуқаралар жыйынлары ўәкиллери ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелер жүзесинен есабатларын тыӊлаў белгиленген. Усы тийкардағы ушырасыў "Бердақ" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары Р.Қармысова ҳәм Г.Мнажатдинова, мәҳәлле ўәкиллери ҳәм аймақ пуқаралары қатнасында болып өтти. Ушырасыўда 2024-жылда аймақты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша аймақ турғынларына есабатлар берилди. Ушырасыўда «Мәҳәлле жетилиги»ниӊ искерлиги, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы додаланылды. Сондай-ақ, аймақ пуқараларыныӊ пикир, усыныслары тыӊланылып, депутат ҳәм мәҳәлле ўәкиллериниӊ алдағы ислениўи тийис ўазыйпалары белгилеп алынды.