Буннан соӊ депутат Б.Алдамуратов район аймағында жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жергиликли Кеӊес депутатлары, аймақ ҳәким жәрдемшилери қатнасында үйренип, олар менен сәўбетлер алып барды ҳәм машқала, усынысларын тыңлады. Исбилерменлер өзлериниң жаңа жойбарлары менен де таныстырып, бул бағдарда жаратылған жеӊилликлер бойынша ҳуқықый түсиндирмелер берилди.