Президентимиз басшылығында аймақлардағы уста дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери менен өткерилген мәжилисте қыйтақ жериндеги ыссыханада жылына 4 мәрте өним жетистирип, жоқары дәрамат алып атырған Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Генжемурат Турдымуратов "Дўстлик" ордени менен сыйлықланған еди. Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары Г.Турдымуратовтыӊ тамарқа жеринде болып, өз тамарқасынан нәтийжели пайдаланыў усыллары ҳәм үй алды қыйтақ жерлери арқалы шаӊарағына дәрамат киргизиў бойынша пикир алысылды. Депутатлар тәрепинен үлгили шаӊарақтыӊ тәжирийбесин район аймағында ен жайдырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.