Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“Uzumzor” mahallasida yoshlar yetakchisi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Mahallalarda soliq ma’muriyatchiligi bo‘yicha olib borilayotgan ishlar o‘rganildi
янв.21
Deputatlik so‘roviga rasmiy javob taqdim etildi
янв.21
Tadbirkorlik subyektlarida yangi soliq tartiblari yuzasidan o‘rganish o‘tkazildi
янв.21
Mahalliy byudjet daromadlari ijrosi yuzasidan o‘rganish o‘tkazildi
янв.21
Hududiy dasturlar ijrosi yuzasidan o‘rganish olib borildi
янв.21
Soliq tizimidagi islohotlar yuzasidan amaliy o‘rganish o‘tkazildi
янв.21
Soliq inspeksiyasida mahalliy byudjet ijrosi yuzasidan o‘rganish o‘tkazildi
янв.21
Deputatlik so‘rovi yuborildi
янв.21
Mahalladagi hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi
#Мүнәсибет

Сырт ел инвесторлары менен бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары белгилеп алынды

18-июнь күни Ташкент қаласындағы Халықаралық коньгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги жалпы мәжилиси болып өтти. Мәжилисте мәмлекет экономикасына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, бар жойбарларды жеделлестириў ҳәм жаңа бирге ислесиў бағдарларын белгилеў мәселелери додаланды.

Илажда соңғы жылларда Өзбекстанда инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша әмелге асырылған реформалар, салық ҳәм бажыхана системасындағы жеңилликлер, сондай-ақ, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлардың нәтийжелери атап өтилди. Сырт елли инвесторлар мәмлекеттеги турақлы экономикалық өсиў, инфраструктуралық жойбарлардың кеңейиўи ҳәм ашық-айдынлық сиясатын унамлы баҳалады.

Мәжилисте енергетика, аўыл хожалығы, санлы экономика, банк-финанс ҳәм санаат тараўлары сырт ел капиталын тартыў ушын тийкарғы бағдарлар сыпатында көрсетип өтилди. Соның менен бирге, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин буннан былай да кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша усыныслар алға қойылды.

Президенттиң шығып сөйлеген сөзинде сырт ел инвесторлары ушын және де қолайлы ҳәм ашық-айдын орталық жаратыў мәмлекетлик сиясаттың стратегиялық бағдары екени атап өтилди. Сондай-ақ, инвесторлар менен турақлы қарым-қатнасты күшейтиў ҳәм олардың машқалаларын жедел шешиў ушын институционаллық механизмлер жетилистирилетуғыны атап өтилди.

Айтгүл ЖОЛЫМБЕТОВА,
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы