Yangiliklar

ДЕПУТАТЛЫҚ ТОПАР МӘЖЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ЎзЛиДеП депутатлық топары мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023 жыл 8 августтағы «Қарақалпақстан Республикасы исбилерменлерине қолай шәрәятлар жаратыўға тийисли ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПП-129-санлы Пәрманы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешим қабыл етилди.

Slide 1 of 6