Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Sanchiqul mahallasida hokim yordamchisining faoliyati deputat tomonidan keng qamrovda o‘rganildi
янв.21
DAVLAT TILI TO‘G‘RISIDAGI QONUN IJROSI AMALDA
янв.21
Durmonsoy mahallasida sayyor qabul o‘tkazildi
янв.21
Deputat mahallada: xonadonma-xonadon yurib, fuqarolar muammolari o‘rganildi
янв.21
“Halollik vaksinasini” targ‘ib qilish — yoshlar tarbiyasida yangi qadam
янв.21
Ogohlik — davr talabi
янв.21
Ta’lim muassasalaridagi sharoitlar va obodlik holati o‘rganildi
янв.21
Muqaddas qadamjolar e’tiborda — deputat nazorati ostida
янв.21
Mahallani obodonlashtirish va tomorqa madaniyatini shakllantirish — deputat nazoratida
янв.21
Besh Bola mahallasida ezgu an’analar davom etmoqda.
Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Ажимуратов Дастенбай Шымбай районы "Қостерек" аўыл пуқаралар жыйынында болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, тийисли мәкеме, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда дәслеп депутат Д.Ажимуратов тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәм де Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат Д.Ажимуратов 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 5