Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
MUSTAQILLIK BAYRAMI MUNOSABATI BILAN 63-UMUMTA’LIM MAKTABDA TANTANALI TADBIR BO‘LIB O‘TDI
янв.21
OLTINSOY TUMANIDA “BIRINCHI QO‘NG‘IROQ” VA “BILIMLAR KUNI” TANTANASI
янв.21
MUSTAQILLIK BAYRAMI MUNOSABATI BILAN 7-UMUMTA’LIM MAKTABDA TANTANALI TADBIR BO‘LIB O‘TDI
янв.21
MUSTAQILLIK BAYRAMI MUNOSABATI BILAN 14-UMUMTA’LIM MAKTABDA TANTANALI TADBIR BO‘LIB O‘TDI
янв.21
MUSTAQILLIK BAYRAMI MUNOSABATI BILAN 52-UMUMTA’LIM MAKTABDA TANTANALI TADBIR BO‘LIB O‘TDI
янв.21
📝 Yig‘ilish: Oliy ta’lim muassasalari bitiruvchilarining bandligini ta’minlash choralari muhokama qilindi
янв.21
KORRUPSIYAGA QARSHI KURASHISH – BARCHAMIZNING BURCHIMIZ
янв.21
Xalq deputatlari Oltinsoy tuman Kengashi deputati Mamatmuratov A’zamat Karamtovich “Guliston” mahallasidagi 18-umumta’lim maktabida yangi o‘quv yiliga tayyorgarlik ishlari bilan tanishdi
янв.21
🗳️ DEPUTATNING SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHUVI
янв.21
Xalq deputatlari Oltinsoy tuman Kengashining o‘n birinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
ӨЗБЕКСТАН ХДП МОЙНАҚ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ III ПЛЕНУМЫ БОЛЫП ӨТТИ

ӨЗБЕКСТАН ХДП МОЙНАҚ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ III ПЛЕНУМЫ БОЛЫП ӨТТИ

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Мойнақ районлық Кеңесиниң III пленумы болып өтти. Онда партияның Мойнақ районлық Кеңеси пленумының ағзалары, Қаракалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги партия топарының ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

🔰 Пленум күн тәртибине киргизилген "Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Сайлаўалды бағдарламасының орынланыўы бойынша Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Мойнақ районлық кеңеси тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында"ғы мәселе бойынша Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Мойнақ районлық кеңесиниң баслығы Арыўхан Асенбаева баянат жасады.

✅ Есабат бериў дәўиринде Ҳәрекет бағдарламасындағы бағдарлар бойынша Өзбекстан Республикасының тийисли нызамлары, Президенттиң пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы жәмиетлик ҳәм депутатлық қадағалаў сыпатында үйренилди, соннан келип шығып, 3 мәселе партия топарлары ҳәм турақлы комиссия мәжилисинде көрип шығылды ҳәм 3 мәселе сессия күн тәртибине киргизилип тийисли қарарлар қабыл етилиўине ерисилди.

✅ Сондай-ақ, 3 мәрте сессияда мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары басшылары ҳәм лаўазымлы шахслардың есабатлары ҳәм мәлимлемелери тыңланды.

🔸 Орынлардағы машқалаларды үйрениў, оларды шешиў, пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәт бериў бойынша белгили жумыслар алып барылды. Соның ишинде, партияның районлық кеңеси жанындағы "Жәмийетлик қабыллаўхана"ға пуқаралардан жәми 23 мүрәжат келип түсти. Бул мүрәжатлардың 23 и яғный 100 проценти партия жуўапкер хызметкерлери ҳәм депутатларымыздың қатнасыўында унамлы шешимге ерисилди.

✅Партияның сайлаўалды бағдарламасында алға қойылған мақсет ҳәм ўазыйпалардан келип шығып, "Депутат мәҳәлледе," "Қуўаныш ҳәм меҳир үлесейик," "Саламатлық акциясы," "Сиясаттағы жаслар," "Жасларға жәрдем," "Саламат шаңарақ - саламат жәмийет," "Депутат ҳәм халық: есабат ҳәм пикирлесиў" сыяқлы жойбар ҳәм акциялар шеңберинде 80 ге шамалас үгит-нәсият илажлары өткерилип, оларда 1 мың 600ден аслам қатнасыўшы қамтып алынды.

🔺 Пленум күн тәртибиндеги мәселелер бойынша кеңес ағзалары тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.

🟣 Пленумда көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Slide 1 of 1