2024-жыл 12-август күни Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Халық депутатлары районлық Кеңесиниң тоқсан биринши сессиясы болып өтти. Сессияға жергиликли депутатлар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң тийисли жуўапкерлери қатнасты. Күн тәртибинде 4 мәселе көрилип, тараў басшыларының есабатлары тыңланды. Сондай-ақ, көрилген мәселелер депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланып, мақулланды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.