Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
депутат топарының мәжилиси өткерилди
янв.21
“Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди
янв.21
Нөкис районында “Мәҳәлледе бир күн” жойбары шеңберинде бир қатар илажлар өткерилди
янв.21
Deputat Xalq dardini tinglaydi!
янв.21
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезектеги жетинши шақырық сегизинши сессиясы болып өтти
янв.21
"Қырантаў" аўыл пуқаралар жыйынындағы 30-санлы мектепте "Өзбекстан улыўма үйимиз," "Биз бир ел ҳәм бир Ўатан перзентлеримиз!" сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди
янв.21
Нөкис районында қум-щебень (ШПС) төсеў жумыслары әмелге асырылмақта
янв.21
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелериниң жумысларын еледе жетилистириўге бағышланған жыйналыс өткерилди
янв.21
Мүнәсибет
янв.21
Мүнәсибет
Депутат махаллада лойихаси

Депутатлар сайлаўшылар менен ушыраспақта.

2025-жыл 7-апрель күни «Тахтакөпир» ППЖ аймағындағы 3-санлы мектепте Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Аллиярованың сайлаўшылар менен 2025-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўға «Тахтакөпир» ППЖ, «Ғәрезсизлик» МПЖ пуқаралары, 3-санлы мектептиң педагог кадрлары, жаслар қатнасты.

Жыйналысты Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы Қ.Жалиев алып барды.   

Ушырасыўда депутатлар 2025-жылдың өткен дәўиринде «Тахтакөпир» ППЖ, «Ғәрезсизлик» МПЖ ларда әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, жыл даўамында ислениўи режелестирилген жойбарлар ҳаққында сайлаўшыларға мағлыўмат берди.

Ушырасыў даўамында сайлаўшылардың усыныс,машқалалары тыңланды.

Slide 1 of 1