Нөкис районы медициналық бирлеспеси мәжилислер залында халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Ғ.Сабуровтың қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатнамасының мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда депутат Ғ.Сабуров Мүрәжатнамада белгилеп берилген ўазыйпалар, жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған тийкарғы бағдарлары түсиндирип берилди.
Бундай ушырасыўлар Президент мүражатнамасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жәмийеттиң белсене қатнасыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.