Yangiliklar

МҮНӘСИБЕТ

Нөкис район ХДП: Депутат ҳәм "мәҳәлле жетилиги"ниң есабаты тыңланды

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық экономикалық реформалардың барысы ҳаққында ҳәм аймақтағы машқалаларды үйрениў бойынша жергиликли Кеңеси депутатларының сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилмекте.

Нөкис районы "Төк тау" мәкан пуқаралар жыйынында өткерилген ушырасыўда Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары басшысы Р.Сапарниязов ҳәм "мәҳәлле жетилиги"ниң 2025-жылдың 10 айы даўамында алып барған жумыслары бойынша есабатлары тыңланды.

Ушырасыўда аймақта ушырасып атырған машқалалар, шешими күтилип атырған мүражатлар тыңланып, шешими депутатлық қадағалаўға алынды.

👉 Каналға ағза болың: https://t.me/xdp_qr