Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Алишер Джуманазаров 2025-жылдың I-шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериў ушын өз сайлаўшылары менен ушырасты
янв.21
“Саманбай” АПЖ аймағындағы 534 хожалықтың үй алды тамарқа жерлерине суў өз ўақтында қыйыншылықларсыз жетип баратуғын болды
янв.21
2500кВа лық трансформатордың орнына қуўатлығы 4000кВа трансформаторына алмастырылды
янв.21
Нөкис районы Абаданластырыў басқармасы тәрепинен өткен 2024-жыл исленген жумыслар ҳәм 2025-жылғы ис-режелери ҳаққындағы мәселе додаланды
янв.21
Саўаплы исти ҳәр ким, ҳәр күни ислеў керек
янв.21
“Kerder” APJ aymaǵındaǵı úgit-násiyat jumısları
янв.21
ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ
янв.21
Нөкис районы: "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ
янв.21
ДЕПУТАТЛЫҚ ТОПАР МӘЖИЛИСИ ӨТКЕРИЛДИ
янв.21
"ҚАТАРЫМЫЗДАҒЫ ЖАСЛАР"
Ушырасыу

Коррупция дүня көлеминде шешилиўи керек болған глобал машқалалардан бири болып есапланады. Бул иллет ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмиеттиң сиясий-экономикалық раўажланыўына үлкен зыян жеткереди, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң бузылыўына алып келеди. Сол себепли оған қарсы гүрес халықаралық әҳмиетке ие болып, жәҳән сиясатының әҳмиетли мәселелери қатарынан орын алған.

Ҳәзирги дәўирде коррупция көплеген мәмлекетлердиң экономикалық ҳәм сиясий потенциалына өзиниң унамсыз тәсирин көрсете алды. Оған қарсы гүресиў, турақлы түрде әмелге асырылыўы зәрүр болған әҳмиетли ўазыйпалардан бирине айланды.

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы А.Таджимуратов Хожели районлық айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери менен “Коррупция жәмийет душпаны” атамасында ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда коррупцияның алдына алыў, оны келтирип шығарыўшы себеплер ҳаққында пикирлесилди. 

Slide 1 of 1