Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Венгрияға əмелге асырған рəсмий сапары мəмлекетимиз сыртқы сиясатындағы әҳмийетли ўақыя болып, Өзбекстанның халықаралық майдандағы орны ҳəм дос сыпатында қарым-қатнаслар географиясын кеңейтиўде нəўбеттеги әҳмийетли қəдем болды.

Бул өз-ара қатнасларды стратегиялық шериклик дəрежесине алып шығыўда үлкен əҳмийетке ийе болады. Сапар шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық, тəлим, инновация, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳəм басқа бағдардағы өз-ара мəпли шерикликке тийисли зəрүрли шəртнамалар ҳəм келисимлерге қол қойылғаны - келешекте мəмлекетимиз экономикасының раўажланыўына хызмет етиўи сөзсиз.

Президентимиз басламалары ҳəм сыртқы шерикликтеги ашықлық сиясаты əне сондай мақсетлерге бағдарланғанлығын тағы бир мәрте тастыйықламақта.

 Әсиресе, Венгрия сыяқлы Европа бирлеспесине ағза мəмлекет пенен тəлим ҳəм илим саласындағы шерикликти кеңейтиў, студентлер ҳəм жас қəнигелер ушын мүмкиншиликлерди асырыў белгиленген болып, өз гезегинде жас әўладтың заманагөй билим ҳəм технологияларға болған зəрүрлигин тəмийинлеўге хызмет етеди.

Өзбекстан тек регионлық ғана емес, ал халықаралық дəрежеде де ашық, исенимли ҳəм шерикликке тайын мəмлекет сыпатында танылмақта. Бул болса халық мəплерине хызмет ететуғын турақлы раўажланыўды тəмийинлеўге хызмет етеди.

Slide 1 of 1