Нөкис районында биринши пилле қырманын тапсырыў басланды
Пилле жетистириў әзелден машақаты көп, мийнети салмақлы, соның менен бирге дәраматлы жөнелис есапланған. Ҳәр бир мәмлекет экономикасында бул жөнелистиң өзине тән орны бар.
Үйде отырып, дәрамат табыў мүмкиншилигинен пайдаланып атырған ҳаял-қызлардың елимиздиң пилле қырманына қосар үлеси айрықша екенлиги олардың бүгинги мийнетлериниң өз нәтийжесин берип атырғанлығында айқын көринеди.
Нөкис районы "Саманбай", "Қутанкөл", "Ақмаңғыт" посёлкалық пуқаралар жыйынында бириншилерден болып пилле тапсырып баслады.
Усындай мийнет етип атырған ҳаял-қызларға район ҳәкиминиӊ орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы С.Абатова өз миннетдаршылығын билдирди.