ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ
Бүгин 10- июнь күни "Қутанкөл" мәкан пуқаралар жыйынында "Депутат мәҳәлледе" жойбары шеңберинде иләж өткерилди.
16-санлы "Қутанкөл" сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Р.Пурханов "Қутанкөл" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында аўыл турғынлары менен ушырасып, олардың машқалаларын үйренди. Ушырасып атырған машқалалардың шешими бойынша ис илажлар белгилеп алынды ҳәм тийисли мәкемелерге депутат сораўы шығарылды.Соның менен бирге пуқаралар жыйынында жасаўшы социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың ҳалынан хабар алды.