Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Mirobod tumanida “Dolzarb 90 kun” loyihasining ijrosini ko‘zdan kechirdi
янв.21
MIROBOD TUMANI BAYNALMINAL MAHALLA YETTILIGI BILAN DEPUTATLAR UCHRASHUV O‘TKAZDILAR
янв.21
BAYRAM MUBORAK BO'LSIN
янв.21
MIROBOD TUMANIDA MAKTAB O‘QUVCHILARI UCHUN YOZGI OROMGOHLAR DASTURI KUCHAYTIRILADI
янв.21
Mirobod tumanida joylashgan Ruhiy asab kasalliklari markazida davolanuvchi bolalar holidan xabar olindi
янв.21
DEPUTATLAR MUROJAAT YUZASIDAN MUAMMOLARNI TEZKORLIK BILAN HAL ETDILAR
янв.21
OLIY MAJLIS QONUNCHILIK PALATASI DEPUTATI VA TUMAN KENGASG DEPUTATI MIROBODOT TUMANIDA IJTIMOIY OBYEKLARDA O‘RGANISH O‘TKAZDILAR
янв.21
FUQAROLAR MUROJAATLARI YUZASIDAN DEPUTATLAR NAZORATIDA
янв.21
XALQ BILAN YUZMA-YUZ MULOQOT — ADOLAT SARI DADIL QADAM
янв.21
“A. AVLONIY” MAHALLASIDA MIROBOD TUMANI HOKIMI ANVAR SAYFUTDINOV BOSHCHILIGIDA FUQAROLAR UCHUN SAYYOR QABUL BO’LIB O’TDI
Мүнәсибет

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрия ҳǝм Словения мǝмлекетлерине сапары тарихый ўақыя болып есапланады. Венгрия мǝмлекетиниң бас министри Виктор Орбанниң мирǝт етиўи бул Ѳзбекстан мǝмлекети халқына оның Президентине деген ҳурмет ҳǝм иззет болды. 

Ѳз-ара сѳйлесиўде Ѳзбекстан Венгрия мǝмлекетлери ортасында стратегик шериклик ҳǝм бирге ислесиўди жǝнеде тереңирек алып барыў мǝселеси талқыланды.

Ѳзбекстан - Венгрия мǝмлекетлери ортасындағы мүнасибетлер бүгин тарихый тамыр урып, геосиясий мǝплер ҳǝм глобал орталықта тиккелей бирге ислесиў тийкарында дүзилмекте. Бул еки мǝмлекеттиң мǝденияты ҳǝм мақсетлери бир-биринен парық қылсада, олардың улыўмалық мақсетлери бир болып есапланады.

Ѳзбекстан Президенти қайсы мǝмлекетте сапарда болмасын биринши нǝўбетте олардың исбилерменлери, банк систиемасының басшылары менен ушырасып пикирлеседи.

Бундағы тийкарғы мақсет еки мǝмлекет ортасында исбилерменликти раўажландырыў, мǝмлекетимизге кѳбирек сырт ел инвестицияларын киргизиў болып табылады.

Тийкарғы мақсет еки мǝмлекет ортасында саўда-экономикалық, сиясий ҳǝм гуманитар бағдарында раўажланыўды жақсылаўдан ибарат.

Ҳурметли президентимиздиң Словения мǝмлекетине болған сапарында , Президентимизди Словения президенти ҳурмет пенен күтип алды. Мǝмлекетимиз Президентиниң бул мǝмлекетке биринши мǝртебе сапары болып есапланады. Еки мǝмлекет ортасында исбилерменликти раўажландырыў, дослық қарым-қатнасты күшейтиў бойынша ѳз-ара сѳйлесиўлер алып барылды. 

Ҳурметли президентимиз Венгрия бас министри Виктор Орбанди ҳǝм Словения Президентин ѳзлерине қолай ўақытта Ѳзбекстанға келиўге мирǝт етти.

Шарибай БЕРДАХОВ,

6-"Андижан" сайлаў округинен депутат.