Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar bo‘yicha doimiy komissiyasi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Doimiy komissiya majlisi
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining navbatdagi 17-sessiyasida: MARGʻILON SHAHRINING 2026-YILGI MAHALLIY BYUDJETI TASDIQLAB OLINDI
янв.21
Deputatlik nazorat tahlil ishlari davom etmoqda.
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi bilan uchrashuvi
янв.21
Saylovchi murojaati – amaliy yechimda
янв.21
Deputatlik nazorati
янв.21
Deputat yoshlar bilan uchrashuvi
янв.21
Deputatlar okruglaridagi mahalla yettiligi,mahalla nuroniylari, faollari bilan uchrashuvi
РАЙОНЛЫҚ КЕӉЕС СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

РАЙОНЛЫҚ КЕӉЕС СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, сиясий партиялар, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Дәслеп сессия күн тәртибинде район ҳәкими орынбасары Б.Аяпбергеновтыӊ финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында есабаты ҳәм район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққында усынысы тыӊланды. Буннан соӊ сессияда Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс Министрлиги жанындағы Кадастр агентлигиниң географиялық объектлерге атама бериў ҳәм оларды қайта атамалаў ҳаққындағы усынысларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў бойынша эксперт комиссиясының жуўмағына ҳәм усы тийкарда Қараөзек районы ҳәкимлигиниң географиялық объектлерге атама бериў ҳәм оларды қайта атамалаў мәселелери бойынша комиссиясының усынысына тийкар әмелдеги «Бирдем» аўыл пуқаралар жыйыны атамасын «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны атамасына ҳәмде әмелдеги «Қараөзек» посёлка пуқаралар жыйыны атамасын «Жаңа Қараөзек» посёлка пуқаралар жыйыны атамасына өзгертиў бойынша районлық комиссияныӊ усынысы, 2024-жылда жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслары бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қараөзек районы ҳәкими орынбасары И.Қосыбаевтың есабаты көрип шығылды. Сондай-ақ, сессия күн тәртибиндеги районлық Ишки ислер бөлиминиң жәмийет қәўипсизлиги хызмети бөлими тәрепинен 2024-жыл ҳәм 2025-жылдың январь-март айлары даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында бөлим баслығы М.Алиев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-апрель күнги «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5712-санлы қарарынынң Қараөзек районында орынланыўы ҳаққында районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы А.Қалилаевлардыӊ есабаты ҳәм Қараөзек районы бойынша 2025-жыл вегетация дәўиринде суўғарыў жумыслары ушын ажыратылған суў лимитин тастыйықлаў ҳаққында районлық “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси директоры орынбасары А.Мырзаховтыӊ усынысы додаланылды. Сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар тәрепинен усынылған мәселелер толығы менен көрилип, тастыйықланды ҳәм алдағы режелер белгиленип алынды.

Slide 1 of 15