35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
718-сон қарор ижроси: тиббий хизмат сифати ўрганилди
янв.21
Депутат сайловчилар билан очиқ мулоқот ўтказди
янв.21
Фуқаролар мурожаатлари тингланди
янв.21
#JARAYON
янв.21
Коммунал хизматлар сифати — депутатлик назоратида
янв.21
Давлат тили тўғрисидаги қонун ижроси ўрганилди
янв.21
Аҳолига сифатли тиббий хизмат кўрсатилиши — депутат назоратида
янв.21
Депутатлик назорати: ёшлар билан манзилли ишлаш тизими ўрганилди
янв.21
Чиқиндиларни ўз вақтида олиб чиқиш масаласи ўрганилди
янв.21
Доимий комиссия доирасида амалий ўрганиш ўтказилди
#Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзалары халық пенен тығыз байланыс орнатып, олардың пикир-усынысларын үйрениў ҳәм де аймақларда алып барылып атырған жумыслар менен танысыўды турақлы түрде жолға қойып келмекте. Усындай илажлардың даўамы сыпатында, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып, пилле жетистирип атырған хожалықлар жағдайынан  хабар алды.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Утепбергенова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, партия белсендиси Г.Мамбетниязова ҳәм де аймақ турғынлары қатнасты.

Бүгинги күнде елимиздеги бәҳәрги маўсимниң әҳмийетли бағдарларының бири — жипек қуртын жетистириў жумыслары қызғын даўам етпекте. Депутат А.Утепбергенова аймақта пилле жетистириў менен шуғылланып атырған хожалықлар ҳәм пуқаралардан хабар алып, олардың жумыс барысы менен жақыннан танысты. Илаж даўамында депутат А.Утепбергенова пилле жетистириўдиң машақатлы ҳәм соның менен бирге мақтанышлы жумыс екенлигин атап өтти.

Илаж соңында депутат А.Утепбергенова тәрепинен пуқаралардың пикир-усыныслары тыңланып, оларды шешиў бойынша тийисли илажлар белгиленди.

Slide 1 of 5