35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
718-сон қарор ижроси: тиббий хизмат сифати ўрганилди
янв.21
Депутат сайловчилар билан очиқ мулоқот ўтказди
янв.21
Фуқаролар мурожаатлари тингланди
янв.21
#JARAYON
янв.21
Коммунал хизматлар сифати — депутатлик назоратида
янв.21
Давлат тили тўғрисидаги қонун ижроси ўрганилди
янв.21
Аҳолига сифатли тиббий хизмат кўрсатилиши — депутат назоратида
янв.21
Депутатлик назорати: ёшлар билан манзилли ишлаш тизими ўрганилди
янв.21
Чиқиндиларни ўз вақтида олиб чиқиш масаласи ўрганилди
янв.21
Доимий комиссия доирасида амалий ўрганиш ўтказилди
#Депутат_ҳәм_жаслар

Шымбай районында жаслардың сиясий билим ҳәм белсендилигин арттырыў, олардың социаллық мәселелерин үйрениў ҳәм пикир-усынысларын тыңлаў мақсетинде «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, "Экономика колледжи" басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм белсене жаслар қатнасты.
Илажда депутат Х.Абдижалиев тарепинен бүгинги күнде мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болған жаслар менен ислесиў системасы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Атап айтқанда, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаслардың сапалы билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз бизнес басламаларын жүзеге шығарыўы ушын жаратылған жеңилликлердиң әҳмийетине тоқталып өтти. Сондай-ақ, депутат өз шығыўында сиясий партиялар ҳәм депутатлық корпусы тәрепинен жаслардың ҳуқықый мәплерин қорғаў, оларды мәмлекетлик басқарыў ислерине кеңнен тартыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды ҳаққында айтип өтти.
Илаж соңында бир топар белсенди жаслар сөзге шығып, өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша жуўаплар алды.

Slide 1 of 6