Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
XALÍQ DEPUTATLARÍ KEGEYLI RAYONLÍQ KEŃESINIŃ ON ÚSHINSHI SESSIYASÍ BOLÍP ÓTTI
янв.21
Кегейли тумани фермерлари кенгаши Раёсати аъзоларининг фермерларга МУРОЖААТИ
янв.21
ВЕНГРИЯ МӘМЛЕКЕТИ МЕНЕН ЭКОНОМИКАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ КЕҢЕЙЕДИ
янв.21
SEMINAR O‘TKAZILDI.
янв.21
УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ.
янв.21
DALA ChETLARI, BOG‘-TOK ORALARIGA DARAXTLAR EKING HAMDA TUTZORLAR BARPO ETIB YANGI O‘ZBEKISTONIMIZNING YAShILLIGIGA O‘Z HISSANGIZNI QO‘SHING
янв.21
ЖАЛПЫ МАЖЛИСТЕ 14 НЫЗАМ ДОДАЛАНДЫ
янв.21
Жоқары билимлендириўде ЮНЕСКО менен бирге ислесиў
янв.21
Өзбекстан-Америка: стратегиялық шерикликтиң жаңа бағдарлары
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
Жоқары билимлендириўде ЮНЕСКО менен бирге ислесиў

 -Мәмлекетимиз жоқары билимлендириў тараўы бойынша да ЮНЕСКО менен белсене бирге ислесип келмекте, – деди Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов. – Бүгинги күнде елимиздеги жоқары оқыў орынларында 8 ЮНЕСКО кафедрасы, усы шөлкем менен үйлескен 24 мектеп жумыс алып бармақта. Самарқанд қаласындағы “Жипек жолы” туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетинде 2024-жылы “Жипек жолы бойлап турақлы тарийхый туризм” ЮНЕСКО кафедрасы ашылды. Ташкент ҳәм Ферғана қалалары ЮНЕСКОның глобал билимлендириў қалалары тармағына кирген. Ҳәзирги ўақытта Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларын да усы тармаққа қосыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Буннан тысқары, шөлкем менен биргеликте 9,6 миллион евро баҳасындағы жумысқа жайластырыў көнликпелерин раўажландырыў жойбары әмелге асырылмақта. Усы жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Хорезм ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында биреўден техникум аўыл хожалығы бағдары бойынша үскенеленди. Қарақалпақстан Республикасы, Самарқанд ҳәм Наманган ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында техникумлар педагогларының маманлығын арттырыў бойынша орайлар шөлкемлестирилмекте. Мәмлекетимиздиң “Жоқары билимлендириўге байланыслы қәнигеликлерди тән алыў ҳаққындағы глобаллық конвенция”ны ратификациялаўы Өзбекстанның халықаралық билимлендириў жәмийетшилигиндеги белсене қатнасыўын көрсетип, миллий дипломлар ҳәм илимий дәрежелердиң жәҳән көлеминде тән алыныўы жолында әҳмийетли басқыш болып хызмет етеди.