Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
XALÍQ DEPUTATLARÍ KEGEYLI RAYONLÍQ KEŃESINIŃ ON ÚSHINSHI SESSIYASÍ BOLÍP ÓTTI
янв.21
Кегейли тумани фермерлари кенгаши Раёсати аъзоларининг фермерларга МУРОЖААТИ
янв.21
ВЕНГРИЯ МӘМЛЕКЕТИ МЕНЕН ЭКОНОМИКАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ КЕҢЕЙЕДИ
янв.21
SEMINAR O‘TKAZILDI.
янв.21
УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ.
янв.21
DALA ChETLARI, BOG‘-TOK ORALARIGA DARAXTLAR EKING HAMDA TUTZORLAR BARPO ETIB YANGI O‘ZBEKISTONIMIZNING YAShILLIGIGA O‘Z HISSANGIZNI QO‘SHING
янв.21
ЖАЛПЫ МАЖЛИСТЕ 14 НЫЗАМ ДОДАЛАНДЫ
янв.21
Жоқары билимлендириўде ЮНЕСКО менен бирге ислесиў
янв.21
Өзбекстан-Америка: стратегиялық шерикликтиң жаңа бағдарлары
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

Мен, -“10-санлы Пахта пункт” сайлаў округинен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Мырзатаев Махмут Жиенбаевич усы жылдың 3-Октябрь күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында 2025-жылдың 10 айы даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшыларға есабат бердим.

Атап айтқанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер берилди. 

Соның менен бирге, жылдың атмасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 3 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты.

Мәселен, райондағы Жылуан жап каналы бойын абаданластырыу бойынша муражат келип тускен еди. Бул муражат оз уактында унамлы шешимин тапты. 

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.

Сессия, турақлы комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.

       Мырзатаев Махмут Жиенбаевич

     "10-санлы Пахта пункт” сайлаў округинен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты