Мен, 1-“Жылўан жап” сайлаў округинен Халық
депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Нышанова Назокат Махмутжановна усы
жылдың 12-апрель күни белгиленген график тийкарында Жылўан жап МПЖ баслығы сайлаўына
комиссия баслығы сыпатында қатнастым.
Жумысшы топар менен биргеликте "Пуқаралар жыйыны
баслығы сайлаўы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 16-статьясына
муўапық пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына еки талабан кɵрсетилген болып,
сайлаў мапазында ҳəр бир кɵшеден сайланған ўəкиллер тəрепинен берилген даўыслар
санына қарап Жылўан жап мəҳəлле пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына Утениязов
Бахадыр Аманиязович мүнəсип деп табылды.
Соны да атап өтиў
орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы
екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.
1-“Жылўан жап” сайлаў округинен Халық депутатлары
Кегейли районлық Кеңеси депутаты
Нышанова
Назокат Махмутжановна