Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ – бул халықтың исенимли ўәкили
янв.21
ЎƏКИЛЛЕР ТƏРЕПИНЕН МҮНƏСИП МƏҲƏЛЛЕ АҚСАҚАЛЫ САЙЛАНДЫ
янв.21
#Мүнәсибет
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
янв.21
❗️ КЕГЕЙЛИДА ЎРГАНИШ ИШЛАРИ ОЛИБ БОРИЛМОҚДА
янв.21
ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ
янв.21
ИЛӘЖ БОЛЫП ӨТТИ
янв.21
Кегейли ХДП: Партия искерлиги ҳәм депутатлардың жумыслары талқыланды
янв.21
УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

 Мен, 10-“Пахта
пункт” сайлаў округинен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Мырзатаев
Махмуд Жиенбаевич усы жылдың 14-апрель күни белгиленген график тийкарында өз
сайлаўшыларым алдында 2025-жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым бойынша
сайлаўшыларға есабат бердим.
 

Атап айтқанда, Ҳүрметли
Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў
бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары Кегейли районлық
Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин ҳаққында түсиниклер
берилди.
 

Соның менен
бирге, жылдың атмасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде
тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўиринде
сайлаўшылардан 23 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли жуўапкерлер
менен биргеликте унамлы шешим тапты.
 

Мәселен, райондағы
“Абат” аўылы турғынларының қыйтақ жерлерин суўғарыў бойынша машқаласы тийисли
мәкеме ўәкиллери менен биргеликте үйренип шығылып әмелий жәрдем көрсетилди.
 

Соны да атап өтиў
орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы
екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықлары билдирди.
 

Сессия, турақлы
комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз электораты
мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.
 

  

 Мырзатаев Махмуд Жиенбаевич, 

 10-“Пахта пункт” сайлаў округинен Халық
депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты