Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
munosabat
янв.21
SHAHAR KENGASHINING SESSIYASI O‘TKAZILDI
янв.21
Shahar ozodaligi va obodligi yo‘lida
янв.21
Kengash deputatlari va boshqa masʼullar hamrohligida
янв.21
Халқ депутатлари Каттақўрғон шаҳар кенгаши ҳузуридаги доимий комиссияларнинг муҳокама йиғилиши бўлиб ўтмоқда.
янв.21
ТИББИЁТДА КОРРУПЦИЯГА ЎРИН ЙЎҚ
янв.21
ШАҲАР КЕНГАШИНИНГ СЕССИЯСИ ЎТКАЗИЛДИ
янв.21
#Доимий комиссиялар йиғилиши ўтказилди
янв.21
DEPUTATLAR MUAMMOLI KREDITLARNI O‘RGANDI
янв.21
2025 yil 10-11 iyun kunlari bo‘lib o‘tgan IV-Toshkent xalqaro investitsiya forumi hamda xorijiy investorlar kengashi majlisidagi O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Shavkat Mirziyoevning nutqlarida ilgari surilgan eng muhim tashabbus va iqtisodiy ko‘rsatkichlar mazmun-mohiyati bo‘yicha
Мүнәсибет

Мүнәсибет

Мен, Өзбекстан халық демократиялық партиясынан Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси 14-Шахаман сайлаў округи депутаты Аблакумов Абдисамат Абдиреймович усы жылдың 12-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим. 

Жылдың атына сай қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат бердим.

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 2 мүрәжат келип түсти ҳәм олар бойынша тийисли жуўапкер мекеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерге депутат сораўларын жибериў режелестирилди.

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округимдеги “Көксуў” АПЖ “Орайлық” көшениң ишки жолы “Ашық бюджет” жойбарына киргизилип, пуқаралар бул бойынша белсене қатнасып, жеңимпаз болды. Нәтийжеде халықты қыйнап киятырған ишки жол, мектеп, пиядалар жолы сыяқлы машқалалар өз шешимин тапты.

Соны да атап өтиўди қәлер едим, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанын билдирди.

Сессия ҳәм комитетлер мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 

Абдисамат АБЛАКУМОВ,

14-"Шахаман" сайлаў округинен депутат.