Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“O‘zbekiston – 2030” strategiyasi loyihasi bo‘yicha targ‘ibot-tushuntirish tadbiri bo‘lib o‘tdi
янв.21
Murojaatnoma — har bir soha vakillari uchun dasturilamal
янв.21
Ekologik partiya: mahallalarda targ‘ibot ishlari yangi bosqichda
янв.21
Prezident Murojaatnomasi mazmuni keng jamoatchilikka yetkazildi
янв.21
TA’LIM MUASSASALARIDA TARG‘IBOT TADBIRI O‘TKAZILDI
янв.21
“Deputat O. Yoldoshev tomonidan korrupsiyaning oldini olish va marosimlarni ixchamlashtirish bo‘yicha targ‘ibot uchrashuvi”
янв.21
Кармана туманида тиббиёт бирлашмаси фаолияти ўрганилди
янв.21
Ko'zi ojizlar va yordamga muhtojlar uchun iliq bayram lahzalari
янв.21
Kuz-qish mavsumi-deputat e'tiborida
янв.21
Депутатлар томонидан Кармана тумани тиббиёт бирлашмасининг куз-қиш мавсумига тайёргарлиги ўрганилди
ДЕПУТАТ – бул халықтың исенимли ўәкили

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан бир қатар мүрәжатлар келип түскен болып, оларға тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди. Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесинде шөлкемлестирилген «Жәмийетшилик қабыллаўхана»сына 1-шерек даўамында бир қанша мүрәжатлер келип түскен болып, мүрәжатлардың барлығы унамлы шешилиўине ерисилди.

Сондай-ақ, “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйынындағы “Хажы баба” аўылы турғынларын ишимлик суў менен тәмийинлеў мәселеси унамлы шешилип, қәўендерлик қаржылары есабынан 3 км аралыққа жаңадан ишимлик суў тармағы қурылды. Буннан басқа А.Темур көшесиниң 150 метр аралықтағы ишки топырақ жолына қум шебень (ЩПС) араласпасы төсеп берилди.

Соның менен бирге сайлаў округымдағы «Кеңес» АПЖ аймағы Темир тулпар көшесиниң 0,6 км аралықтағы ишки топарық жолына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрь күнги “Қалалар ҳәм басқа елатлы пунктлери көшелери ҳәм  ишки хожалық инфраструктурасын еледе жетилистириў ҳаққында”ғы 665-санлы қарарына тийкар, қум щебень (ЩПС) араласпасын төсеў жумысларын алып барыў белгиленген болып, қурылыс жумыслары жақын күнлерде басланыў алдында турыпты.

Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлығын билдирди.

Сессия ҳәм турақлы комиссия, партияның үгит-нәсият илажларында турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен. 

Абадан УТЕПБЕРГЕНОВА,

4-"Кеңес" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты

Slide 1 of 1